There were 1,462 press releases posted in the last 24 hours and 398,783 in the last 365 days.

Жоқары дәрежедеги «БМШ Глобал антитеррор стратегиясын әмелге асырыў бойынша Қоспа ҳәрекетлер режеси шеңберинде Орайлық Азия еллериниң регионаллық бирге ислесиўи» халықаралық конференциясының қатнасыўшыларын…

UZBEKISTAN, March 3 - Жоқары дәрежедеги «БМШ Глобал антитеррор стратегиясын әмелге асырыў бойынша Қоспа ҳәрекетлер режеси шеңберинде Орайлық Азия еллериниң регионаллық бирге ислесиўи» халықаралық конференциясының қатнасыўшыларына

Ҳүрметли делегация басшылары!

Ҳүрметли халықаралық шөлкемлер басшылары!

Ханымлар ҳәм Мырзалар!

Сизлерди Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Глобал антитеррор стратегиясын Орайлық Азияда әмелге асырыўға бағышланған, БМШ Антитеррор басқармасы және Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми менен биргеликте шөлкемлестирилген халықаралық конференцияда қутлықлайман.

Бул форумды өткериў басламамызды қоллап-қуўатлағанлығы ушын Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери мырза Антониу Гутерришке айрықша миннетдаршылық билдирмекшимен.

ЕҚБШ Бас хаткери Хельга Шмид ханым, БМШ Бас хаткериниң орынбасары мырза Владимир Воронков, БМШтың Орайлық Азия бойынша превентив дипломатия бойынша Регионаллық орайының басшысы Наталья Герман ханымға ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң сыртқы сиясат уйымларының басшыларына усы әҳмийетли илажды шөлкемлестириўде бирге ислескени ушын ҳүрметимди билдиремен.

Сизлер конференция жумысын қоллап-қуўатлағаныңыз улыўмалық қәўипсизлик ҳәм турақлылық жолында терроризм, басқа да қәўип-қәтерлерге қарсы биргеликте қарсы турыў мәселесинде таяр турыўдың исенимли тастыйығы болып есапланады.

Ҳүрметли конференция қатнасыўшылары!

Бүгин биз халықаралық қатнасықларда келиспеўшиликлердиң күшейиўи, мәмлекетлер арасындағы исеним ҳәм бирге ислесиў дәрежесиниң төменлеўиниң гүўасы болып турмыз. Ҳәзирги ўақытта дүньяның ҳәр қыйлы регионларында кескинлик ошақлары сақланып қалмақта, қураллы соқлығысыўлар даўам етпекте.

Социаллық турмыс ҳәм экономикалық жумыстың барлық тараўларына зыян жеткерген пандемия БМШтың Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўине оғада унамсыз тәсир етпекте. Экономика ҳәм социаллық турмыстағы кризисли ҳәдийселер дүньядағы теңсизликти күшейтпекте, келиспеўшиликлердиң кескинлесиўи қәўпин қатаң арттырмақта ҳәм сол тәризде терроризм идеяларының тарқалыўы ушын қолайлы имканият жаратпақта.

Усындай қыйын шараятларда күн сайын артып баратырған глобал ҳәм регионаллық қәўипсизликке қәўиплерге қарсы гүресиў жолында дүнья жәмийетшилигиниң ҳәрекетлерин бирлестириў үлкен әҳмийетке ийе.

Буннан 15 жыл алдын дүньяның барлық еллери БМШтың Глобал антитеррор стратегиясын бир аўыздан мақуллаған еди. Бул ҳүжжет терроризмге қарсы гүресте миллий ҳәм халықаралық ҳәрекетлерди бирлестириўге қаратылған кең көлемли, улыўма тән алынған дәслепки ҳуқықый тийкар болды.

2011-жылы Орайлық Азияның бес мәмлекети оны жүзеге шығарыўға байланыслы Қоспа ҳәрекетлер режесин тастыйықлап, биринши болып усы бағдарламалық ҳүжжетти регионластырыў бойынша үлги көрсетти.

Бул режени әмелге асырыў терроризмге қарсы гүресте улыўма тән алынған принциплер ҳәм қатнасларға байланыслы регионаллық консенсусты беккемлеў, ҳәм еки тәреплеме, ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўдиң тәсиршең механизмлерин жаратыў имканиятын берди.

Регион еллери терроризмге қарсы гүрес бойынша өзиниң миллий системаларын қәлиплестирди. Мәмлекетлердиң БМШ усынысларына толық сәйкес келетуғын ҳәрекетлер стратегиялары ислеп шығылды.

Усы тийкарда мәмлекетлеримиз ушын және де тәртипли ҳәм нәтийжели сөйлесиўге кирисиў, тәжирийбе ҳәм зәрүр мағлыўматларды алмасыў, антитеррор ҳәрекетлер потенциалын арттырыў және жалғыз әмелге асырып болмайтуғын нәтийжелерге биргеликтеги умтылыслар арқалы ерисиў имканияты пайда болды.

Нәтийжеде болса бүгин көплеп абырайлы халықаралық рейтинглерде Орайлық Азия дүньяның ең қәўипсиз регионлары қатарынан орын ийелемекте.

Кейинги жыллары бул жерде фундаменталь унамлы өзгерислер жүз берди. Регион еллери арасында дослық, өз-ара пайда ҳәм исеним принциплерине тийкарланған жақсы қоңсышылық қатнасықлары избе-из раўажланбақта. Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўлары еллеримиздиң регионлық қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў бойынша үлкен потенциалын жүзеге шығарыўға жәрдем бермекте.

Аўғанстанды Орайлық Азияның ажыралмас бөлеги сыпатында көрип, регион мәмлекетлери аўған халқына гуманитарлық жәрдем көрсетпекте, тыныш экономиканы қайта тиклеўге ҳәм бул мәмлекеттиң аймақлық саўда-экономикалық байланысларға қосылыўына ҳәр тәреплеме жәрдемлеспекте.

Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!

Өзбекстан 14 тийкарғы универсал халықаралық ҳуқықый ҳүжжетлерге қол қойған болып, халықаралық терроршылыққа қарсы гүресиў жолындағы глобал ҳәрекетлерде белсене қатнаспақта.

Бул тараўдағы мәмлекетлик сиясат кең көлемлилик, инклюзивлик ҳәм избе-излик қатнасықларына сүйенеди. Ҳәммемизге белгили, бундай қатнас ҳуқық қорғаў илажлары менен бир қатарда превентивлик ҳәм профилактикалық илажларды биргеликте алып барыўды, БМШтың Глобал антитеррор стратегиясының тийкарғы бағдарларын пайда етиўде тек ғана мәмлекетлик уйымлар емес, ал пуқаралық жәмийети институтларының да белсене қатнасыўын нәзерде тутады.

Бул жумыста жәмийетте өз-ара түсиниў орталығын енгизиў ҳәм сөйлесиўди раўажландырыў, келиспеўшиликлердиң алдын алыў, руўхый-ағартыўшылық тәрбия, билимлендириўди, соның ишинде, профессионаллық билимлендириўди әмелге асырыў, бәнтликти тәмийинлеў, халықтың әззи қатламларын социаллық қорғаў ең тийкарғы бағдарлар болып есапланады. Мәдениятлараралық ҳәм динлераралық қарым-қатнас, ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиўге айрықша итибар қаратылмақта.

Өзбекстанда терроризмге қарсы гүресиўдиң фундаменталь тийкары, бул – инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин, нызам үстинлигин тәмийинлеў. Терреоризмге қарсы гүрес ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаў бир-бирин бийкарлаўшы емес, ал толықтырыўшы ҳәм беккемлеўши мақсетлер екенине исенемен.

Бүгин сиз Қоспа ҳәрекетлер режеси шеңбериндеги бирге ислесиўимизди ҳәр тәреплеме таллаўыңыз ҳәм оны жаңа әҳмийетли бағдарлар менен толықтырыўыңыз мүмкин екенине исенемен.

Усы көз қарастан, терроризм ҳәм экстремизмге қарсы биргеликте гүресиў нәтийжелилигин арттырыў бойынша бир қатар басламаларды көрип шығыўды усыныс етемиз.

Биринши. Әлбетте, регионда антитеррор стратегияны әмелге асырыўды табыслы даўам еттириў Қоспа ҳәрекетлер режеси орынланыўының барысын турақлы мониторинг етиў ҳәм сын көзқарастан баҳалаў, Орайлық Азия еллериниң аўызбиршиликли ҳәрекетлерин муўапықластырыў механизмлерин күшейтиўди талап етеди.

Усы мүнәсибет пенен, регионымызда БМШ Антитеррор басқармасының офисин ашыў зәрүрлиги әлле қашан пайда болған деп есаплаймыз.

Орайлық Азияда терроризмге қарсы гүресиў жолында өз-ара муўапықласқан бирге ислесиўден максимал дәрежеде үйлесикли нәтийжеге ерисиў ушын оның қәўипсизлик машқалаларын шешиў менен шуғылланатуғын жетекши халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер менен тығыз байланысларын тәмийинлеўди усыныс етемиз.

Екинши. Бүгин дүньяның дерлик барлық мәмлекетлери кибер мәкандағы терроризм менен соқлығыспақта. Интернет радикал идеяларды тарқатыў, адамларды жаллаў, терроршылық ҳәрекетлерин финанслық тәмийинлеў, режелестириў ҳәм пайда етиў қуралына айланбақта.

Бундай шараятта мәмлекетлеримиздиң терроризм мақсетлеринде санлы технологиялардан пайдаланыўға қарсы нәтийжели гүрес тараўындағы потенциалын раўажландырыў жүдә үлкен әҳмийетке ийе.

БМШтың Антитеррор басқармасының 2020-жылы қабыл етилген Орайлық Азияда киберқәўипсизлик ҳәм жаңа технологиялар бойынша бағдарламаларын орынлаў бойынша ҳәрекетлерди жеделлестириўге шақырып қаламыз.

Бул бағдарлама шеңберинде кибертерроризм тараўында тәжирийбе ҳәм мағлыўматлар, изертлеўлер ҳәм ең жақсы тәжирийбелер алмасыўын раўажландырыўға қаратылған Орайлық Азияда кибертерроризм бойынша Бирден-бир электрон системаны жаратыў зәрүр деп есаплаймыз.

Буннан тысқары, кибер мәканда қәўипсизликке қәўиплердиң трансшегаралық характерге ийе екенлиги мәлимлеме мәканында  экстремизм ҳәм терроризмниң ҳәр қыйлы көринислерине қарсы нәтийжели гүресиў имканиятын беретуғын бирден-бир халықаралық ҳуқықый механизмлерди жаратыўды талап етпекте. Бул мәселе бойынша сөйлесиў шөлкемлестириў ҳәм оны муўапықластырыўда БМШтың жәрдемине үмит билдиремиз.

Үшинши. Кейинги жыллары Орайлық Азия мәмлекетлери әскерий тартыслар аймағынан 1500 ден аслам өз пуқараларын ўатанға қайтарды, оларды реабилитациялаў ҳәм реинтеграциялаўда өзине тән қатнасларды ислеп шықты.

Усы мүнәсибет пенен БМШтың Антитеррор басқармасы қәўендерлигинде Орайлық Азия мәмлекетлериниң жетекши қәнигелери арасынан Регионаллық эксперт кеңес шөлкемлестириўди усыныс етемиз. Радикал идеялар тәсирине түсип қалған пуқараларды реабилитациялаў ҳәм реинтеграциялаў бағдарламаларын жетилистириў және мәмлекетлеримизде терроризм үгит-нәсиятланыўына қарсы гүресиў бойынша усыныслар ислеп шығыў кеңестиң тийкарғы ўазыйпасы болады.

Төртинши. Терроризм ҳәм экстремизмге қарсы табыслы гүресиўдиң ең әҳмийетли шәрти нәтийжели жасларға байланыслы сиясат. БМШтың Жаслар стратегиясында атап өтилгениндей, жасларда өзин бир неше мәрте ақлайтуғын бийбаҳа ҳәм оғада әҳмийетли ресурс жәмленген.

Еллеримиз келешеги жас әўлад қандай инсан болып ер жетиўи, қандай тәлим ҳәм тәрбия алыўы, биз олар ушын қандай шараятлар ҳәм «социаллық лифтлер» жаратып бериўимизге байланыслы.

Усындай басрлық мәселелерди ҳәр тәреплеме додалаў ушын 2023-жылы Самарқанд қаласында, алдын усыныс еткенимиздей, турақлы жумыс алып баратуғын Орайлық ҳәм Қубла Азия мәмлекетлери Жаслар кеңесин шақырыўды усыныс етемиз. Ушырасыўлардың жуўмағы бойынша мәмлекетлеримиз жаслары арасында ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў, жас әўладтың өз талантын көрсетиўи ушын қолайлы шараятлар жаратыў, оларда экстремизм ҳәм терроризм идеяларына қарсы беккем иммунитетти қәлиплестириў бағдарларында тәжирийбе алмасыўға байланыслы толық Ҳәрекетлер режесин ислеп шығыў зәрүр.

Бесинши. Хабарыңыз бар, БМШтың Глобал антитеррор стратегиясында кеңпейиллик, өз-ара ҳүрмет, жәмийеттиң барлық қатламлары қатнасыўында динлераралық ҳәм мәдениятлараралық қарым-қатнас идеялары ҳәм принциплерин алға қойыў әҳмийетли орын ийелейди.

2018-жылы Өзбекстанның басламасы менен БМШтың Бас Ассамблеясы арнаўлы «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» резолюциясын қабыл етти. Резолюцияда планетамызда тынышлық ҳәм қәўипсизликти беккемлеў жолында саўатсызлық ҳәм жаўызлықты сапластырыў, кеңпейиллик, өз-ара ҳүрмет ҳәм өз-ара түсиниўди енгизиў айрықша атап өтилген.

Келеси жылы БМШ қәўендерлигинде жоқары дәрежедеги «Ағартыўшылық ҳәм кең пейиллик» конференциясын өткериў және конференция жуўмақлары бойынша БМШтың Арнаўлы резолюциясында беккемлеп қойылған идеяларды әмелге асырыў жолында әмелий бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларын белгилеп алыўды усыныс етемиз.

Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!

Терроризмниң алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў жолындағы ҳәрекетлеримиз олар регионаллық ҳәм глобал көлемде нәтийжели муўапықластырып барылғанда ғана нәтийже береди.

Мине, усы себепли де бүгинги форум, қабыл етилежақ Ташкент декларациясы ҳәм Орайлық Азияда БМШтың Глобал антитеррор стратегиясын әмелге асырыў бойынша жаңаланған Қоспа ҳәрекетлер режеси үлкен әҳмийетке ийе.

Халықаралық конференцияның барлық қатнасыўшыларына нәтийжели жумыс, қызықлы додалаўлар, халықаралық қәўипсизлик ҳәм турақлылықты беккемлеўге қаратылған жаңа усыныслар ҳәм басламалар ислеп шығылыўын тилеймен.

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти

Source: Karakalpakstan news agency

Поделиться

Legal Disclaimer:

EIN Presswire provides this news content "as is" without warranty of any kind. We do not accept any responsibility or liability for the accuracy, content, images, videos, licenses, completeness, legality, or reliability of the information contained in this article. If you have any complaints or copyright issues related to this article, kindly contact the author above.